СЫЙ
Қарақалпақша
ат. Сыйлық, саўға, ҳүрмет, хошамет.
Йад етиб қәдир аллахңы, Нақ салды салық тилланы, Сыйға бериб қыз филланы, Айдос баба алған екән (Бердақ).
Гүзде қырман жыйналар, мийнет еткен сый алар (Ж.Аймурзаев).
Талай Қаратаўдан бийик табысың, атан ушын берген сыйларың сениң (Т.Сейтжанов).
Усы бир атаўды тәбият әзиз шаңырақларға сыйға берип кеткендей, гирдикарлы үйлердиң көшине ере алмай тайсалып шыққан хожалықлар атаўға қос басып, гәси балық аўласа, гәси мергеншилик етеди (К.Султанов).
Айғара бий қызы Ақбийдайды отаўы менен, Мурат шайыққа да арналған сыйлар менен үйине қайтарды... (Т.Қайыпбергенов).
Сыйыңды меннен аласаң (К.Кәримов).