СЫЙДАМ
Қарақалпақша
кел. Бир тегис, жиңишке, талдырмаш, путаксыз, узын.
Әдебият — бағ, сыншы оның бағманы, Бир көз бенен қарар барлық мийўаны, Қосықғың бар қыйсық, дүзиў, сыйдамы, Терис путағын алатуғын сын керек (И.Юсупов).
Әмиўдәрьяны жийеклей өскен сыйдам тораңғыллықтан шықкан соң аўыл көринди (Т.Қайыпбергенов).
Көп өтпей бир тутам сыйдам қызыл жыңғыл шыбықларын сындырып алған онбасы келди (К.Кәримов).
Олар жантақтың сыйдам болып қалған шақаларын отламаққа (Ә.Тәжимуратов).
0 Сып-сыйдам болыў — ҳеш қандай шақасы, жапырағы болмаў, қуры пақалы қалыў, путағы болмаў.
Теңселген шығыр таллар да тап тоналғандай, сып-сыйдам болып қалады (Б.Бекниязова).