СЫЙДЫРМАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир жерге жайғастыра алмаў, орналастыра алмаў.
— Ақылыма сыйдыра алмайман, усының өзи қандай ерк! (Т.Қайыпбергенов).
«Ғаз ашыўын ғарғадан алады» дегендей Сергейге болған ғәзебимди ишиме сыйдыра алмай, өлип кеткен Оксананың сыртынан «кәпир тонын» пишип, бираз жеңил тартқандай болдым (М.Нызанов).
2. Оңыстырмаў, орналастырмаў.
Енди хеш кимди сыйдыра алмаймыз (Қ.Әўезов).
— Таўды жығатуғын ўағымда, бай сыйдырмай көширип жиберип еди, енди қартайғанда не жарасына ем қылар дейсең? (К.Султанов).
Мырзабек бийлерди, Седет керейлерди қарақалпаққа жәрдем бердиң, қарақалпақ пенен ым-жымыңыз бир деп, Ералы султаны өз елине сыйдырмай қуўғанын сиз де меннен кем билмейсиз (Т.Қайыпбергенов).