⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫЙПАЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Алақан менен байқап услап көриў. Еле жассаң ғой, соң түсинесең, — деди де қабарған қолы менен басымнан сыйпалады (Қ.Айымбетов). «Қанжар» дейди оң қапталын сыйпалап, Әлле кимди өлтирмек пе кыйқалап? «Тоқта» дейди өзин зорға жубатып, Арт бетине көз астынан бир қарап... (И.Юсупов). Тақыр жерди сыйпалап қалдық... (К.Султанов). Хан еки езиўиндеги қара шоқалақ муртларын алмағезек сыйпалап, бир ларқылдап күлди хәм гәп баслады (Т.Қайыпбергенов). Пиримбет деп аталған дийқан киси жабадай қолларынан жаздырылған қолын сыйпалап турған шарўаға қарап (К.Кәримов). Оксана нәрестениң көйлегин көтерип, жағымталлы етип қарнын сыйпалады (М.Нызанов). 0 Орнын сыйпалап қалыў — айрылып қалыў, жойтып алыў. — Сонда кемпирдиң де, сыйырдың да орнын сыйпалап қалғанымыз ба! — Өтемурат манлайын услап, төмен қарады (К.Султанов). Жер сыйпалаў — айрылыў, жойтыў. Оның үстине, кәткудаман деп мен орсам, қазыман деп Есен орса, байман деп Халмурат орса, Хийўалыман деп жасаўыл орса, төрт жақтан орақ, түссе, бесинши орақта, жер сыйпалап қалып жүрме (К.Султанов).