⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫЙЫНЫЎ

Қарақалпақша

ф. Табышыў, исениў, арка сүйеў. Сыйынды нағыз пирине, Жеткерди байды жерине («Мәспатша»). Сыйынып қәдир «қуда»ға, Шәрдарели кең сарайға, Қәдир улы Жийенбайға, Қондым «қуда» бергей бизге (Бердақ). Мүширип әрўакдарына сыйынып, гүбирленип сөйлеп тур (К.Султанов). Сонда бириншилер қатарында сиз, Тәўекел кәмарын белге буўғансыз, Ата-баба әрўағына сыйынып, Тәкаббир қүдиретке қарсы барғансыз (И.Юсупов). Шын көңлиң менен сыйынсаң қор болмайсаң (Т.Қайыпбергенов). Буяқтың халқы да Зороастризмге сыйынған ба?! - деди көптен излеп жүрген жоғының дәрегин талқандай көзлери жаўдырап (М.Нызанов).