⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫЙЫРЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Сүртиў, артыў, тазалаў, сыпырыў. Суў да тасы йман, үйди де сыпырып-сыйырып тазалайман (Ж.Аймурзаев). Ол табақтағыны сыйырып-сыйырып еки асады да, қайтадан диванға сүйенди (М.Нызанов). Палўан оның көз жасларын тили менен сыйырып, қамшы услан, шыныққан полаттай қатты билегинен услады да, қалаға қарай тартты (Т.Қайыпбергенов). Қолындағы қалпағы менен бир желпинип, орамалы менен маңдайының терин сыйырып, семизшик киси ўезд приставы кеңсесиниң есигин ашты (К.Кәримов). 2. Териден шығарыў, сыртқы терисин алыў. Өтпес пышақ қолға алып, сыйырады теринди («Қырқ қыз»).