⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫЛАҢЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Жалаклаў, жалпылдаў, тез ҳәрекет етиў, сүўмеңлеў. Ким отаўдың қыр дөгерегин сыпырып, суў төгип, кими он еки қарыс қазанға ошақ қазып, тағы биреўлери отын айырып еркеклер жөни таярлыққа жапа-тармақай кирисип еди, хаяллар да көйлегиниң етегин белбеўине түйип, сылаңлап шыға келди (К.Султанов). Кыз барар сылаңлап қызыл түлкидей, Жигит тазы болып түсти кейнине, Әдира қалды барлық шадлы күлкилер, Топасланып питти ақыл-зейни де (И.Юсупов).