⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫЛТЫЎ

Қарақалпақша

ф. Аяғын силтеп басыў, ақсаңлаў. Ал жаўынгер аяғын аўырсынып сылтып басып, хәммениң соңында келе берди (Ө.Хожаниязов). Өзи қырқ бес, елиў жасларда, оң аяғын сылтып басады (Т.Қайыпбергенов). Катердиң капитаны бир аяғын сылтып басатуғын, бетинде шешек дағы бар, көзи бакдишаққай, тапалтас, жигит ағасы бола келген киси, — Иният Матмуратов (К.Султанов). Мийманлар оның оң аяғын сылтып басып киятырғанын есиктен киргенде-ақ абайлаған еди (М.Нызанов). Оның қасында не ушындур аяғын сылтып басқан, узын бойлы, он сегиз-он тоғызлардағы жигит Қасым келер еди (К.Кәримов).