⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫЛЫНЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Азыў, жүдеў, арықлаў, болдырыў. Қасындағы жолдасы Қабыл да азғын, еттен сылыныпты, Айдостай төменшиклеў. (Т.Қайыпбергенов). 2. Териден шығарылыў, сыпырылыў. Сонда қайтыс болған адамлардың денесин усы төбешикке әкелип таслап, сүйеклери еттен сылынғаннан кейин, өртеп, күлин дәрьяға шашатуғын болған (М.Нызанов). 3. Гөштиң көп писип, етиниң айырылыўы, сыпырылыўы.