СЫЛҚЕТИЎ
Қарақалпақша
ф. Бирден түсиў, тырс етиў, босаңсып қалыў.
Басымды қос қолым менен услап, сылқ етип кеттим (К.Смамутов).
Емин тап, кәне! — деп кемпир сылқ етип жапсарға өңменин таслады (К.Султанов).
Хан қалақ басын қос қоллап қысып, орнына сылқ етип отырды (Т.Қайыпбергенов).
Бармақлары арасынан тоқтамай қан ағар, маўыты бешпенти қанға боялған киси ақырында «сылқ» етип жерге қулады (К.Кәримов).
— Ўай, Төребек, ўай, мен кеттим! — деди де ол сылқ етип қасымдағы кроватқа бойын таслады (М.Нызанов).