СЫМПЫЙЫЎ
Қарақалпақша
ф. Барлық заттан айырылыў, журдай болыў.
Бар-жоғынан айрылып, қалған екен сымпыйып (А.Беғимов).
Сениң мынаў тырнағыңа жетпейтуғын жиғитлерден сөз еситип, сымпыйып жүрисиң (А.Бекимбетов).
— Неси қыйын? Алсын қафир сазасын, — Деди Әмет ишке жыйнап ызасын, Деди Қурбан: — Сыр ашылса сымпыйып, — Жалғыз өзим тартаман ба жазасын? (И.Юсупов).
Олардың ата-анасы алдына сымпыйып кирип барыўынын да қыйын екенлиғин көз алдына келтирди (К.Кәримов).