⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫН II

Қарақалпақша

ат. Көрик, келбет. Ялғаншыда ҳақлық қайда? Сын қалмады қәдди-бойда, Қыс азабы бәрхи ойда, Пуқараға жаз келер ме? (Бердақ). Сыны кетпес дейди сырлы табақтың, Қызларға бергисиз бадам қабақтым, Саўабы көп болар жақсы қонақтың, Аш деймен, бир ақшам мийман болайын (И.Юсупов). 0 Сыны келген — сулыў, шырайлы, келбетли, тартымды. Шашларына ақ енген бир сыны келген хаял орнынан өрре турды («Мәспатша»). Сынын бузбаў — албырамаў, өзгермеў, сыр билдирмеў. Бағанадан берли сынын бузған жоқ, сыртқы да сийрек шықты (К.Смамутов). Жолдан пош, жигитлер, сизлик жоқ исим! Көше толы қыздың туттым бирисин, «Әпиў ет қарындас, қызлар шалғышын, Қайда сатар?» десем, сынын бузбады (И.Юсупов).