⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫНШЫЛ

Қарақалпақша

кел. Сынағыш, минегиш, аңлағыш. Жаңалыққа адамлардың селтеңшил, сыншыл болатуғыны мәлим (Қ.Досанов). — Бабаларыңа усап сыншыл болайын деп жүрсең бе? (К.Султанов). — Алжастыңыз, бий! — десе де, бул сыншыл, серли бийден қәўипленип, изине ерген келиншегине қарады (Т.Қайыпбергенов). Жигиттиң сыншыл нәзери сүллердиң хаял екенин аңғарды (К.Кәримов). Лекин, сыншыл ақсақал мениң кейпимди андаған еди (М.Нызанов).