СЫНЫҚ
Қарақалпақша
кел. Бөлинген, сынған бөлек зат.
Алты ешкиниң ишиндеги ана сынық мүйиз ала ешки қудайы дейди (Қ.Айымбетов).
— Қашқынның перзентине ким сынық гүлше берсин! (К.Султанов).
Умыт қалды сынық айнаң, Мен «кетпе» деп жылап турдым, «Керек емес берген ал маң», Деп изиңнен ылақтырдым (И.Юсупов).
— Пөстеги аўыл — мисли сынық жарты қазанның ернегине жабысқан жүўери гүртиктиң қаспағы, — деди Аманлық (Т.Қайыпбергенов).
Аўызда узын бойлы, қақ шеке арық, шинельге усаған сүр реңли сукнодан тигилген гөнетоз пальтосы бар, басында қаснағының бир шети сынық қара шапка, аяғында сириси жалпайып, өкшеси көринип турған гөне туфлий, сақалы тәртипсиз ғаўлап өсип кеткен бир киси турар еди (М.Нызанов).
0 Сынық даўыс — әсте, өлимсиреген даўыс.
— Мейли, — деди ериниң аўзынан өзи еситкиси келген сөзди есите алмағанша ишинен өкпелеген хаял сынық даўыс пенен (К.Кәримов).
— Үш жүз мыңға сәл жетпеди, - деди китап сатыўшы сынық ҳаўазда (М.Нызанов).
Сынық минез — минези жатық, жуўас.
Сыныққа сылтаў — орынсыз бәне, себеп.
Сынық түр — қайғылы, езилген, уўайымлы түр.
Қыз бенен танысты Гүлим, Сынық ғой сениң де туриң, Яки курдас, яки сиңлим, «Гүнайын не?» деген екен (Бердақ).
ф. Бөлиниў, қыйраў.
Ат өлсе ет, арба сынса отын (нақыл).
Кетпеди кэўилдиң дағы, Көпир сынды гүзардағы, Ғәриплер ашылмай бағы, Теңиз балығын бермеди (Бердақ).
Ақ жағал айтты «мэ-мэ-мэ! Усының да қосық па? Жилигим сынып кетсе де, Турғаным турған, асықпа!» (И.Юсупов).
Жоқ, оның барлық қабырғасы сынып кетти (Т.Қайыпбергенов).
Арбам сынып қалды, — деди ол қолларын жайып (К.Кәримов).
Айналары сынып қалған каютаның есиги ашықеди (М.Нызанов).
0 Ажары сыныў — түси қашыў, солғын тартыў.
Мен қудалар жаққа барайын деп үйден ажары сынып шықты (К.Султанов).
Гүзе сыныў — гәп тийиў, бүлгиншиликке ушыраў.
Солардың үстинен гүзе сынды (Ж.Аймурзаев).
Сонда да гүзе сынып, урыс-кағыс болып атыр (Ж.Аймурзаев).
Сағы сыныў — пәти қайтыў, пәсейиў.
Байға бардың, бахыт болдың, Сынбайтуғын сахыт болдың, Жөнин таптың қыйсық жолдың, Ҳәр кимлерге кеттиң, дәўран (Бердақ).
Бахытлы балалық болмай, сақ сынып, Жаслай көрип бәрин — жаман-жақсының, Услап ошағынан куўырдақшыньщ, Интернатқа берғен сизди, ағалар (И.Юсупов).
Соңғы жыллары ханның сағы сыныпты (Ш.Сейтов).
Сөзи сыныў — сөзи орынланбаў, питпеў.
Сөзим бир сынады, еки сирә да сынбас (Ө.Айжанов).
— Өтинбең, сөзиңиз сынады, шайқымыз (Т.Қайыпбергенов).
Тили сыныў — басқа тиллердиң сөзлерин қәтесиз, акңентсиз айтыў, үйренисиў.
Соған шекем тилиң сынып, дәрўазаманлардың тилинде сөйлейтуғын боласаң, оларга түйиншик аўыстырасаң, болмаса, мына сыйқың менен сарайға киремен деп дәмеленбе (Т.Қайыпбергенов).