СЫРДАНДАЙ
Қарақалпақша
кел. Ашық, ҳеш өсимлик жоқ майдан, далаңлық.
Жигит-желең байдың отаўынын дөгерегин сырдандай қылып сыпырып, биреўлери отын пуштарласа, екиншилери сойылған қойды пуштарлап, жарыса хызмет етип жүр (К.Султанов).
«Несин сүйер бул сырдандай даланың?».
Деп мениң ышқымды қылма кустаны, Мениң интизарым — өзиңсең, жаным, Сен — уйқысыз түним, дала әрманы! (И.Юсупов).
«Усыннан қалсақ бул сырданда үшэўимиздиң де өлетуғынымыз тақыйық, ең болмаса карар көзимиз жер басып тири қалсын» деп Аманлық қысқа қыялынан өткерип: (Т.Қайыпбергенов).