⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫРЛЫ II

Қарақалпақша

кел. Басқалардан сыр тутылған, түсиниксиз, астарлы, жасырын. Бул сырлы ўақыя хәммени қайран етти (А.Бекимбетов). «Бул сырлы қонақ келгенде аш-арық пенен жетим-жесир алба-далба сыйқын көрсетип, мийзамын бузбасын!» деп урыў кәткудаларының шығарған қатал рәсими (К.Султанов). Бүлбилдиң тийкарғы кәсиби — сайраў, Оның үнинде бар сырлы қайталаў, Қосығымды бир рет мен қайталасам, - О, бүлбил, не ушын журт күлер маған? (И.Юсупов). Маман көп сырлы хан аўылында иркиле бериўдиң қәўпине түсинди (Т.Қайыпбергенов). Арадан көп күн өтпей-ақ сырлы жумбақты шешиўдиң қолайлы пайыты да келди (К.Смамутов). Ережеп бул сырлы ўазыйпаны өзгелер менен ортакдаспады (К.Кәримов). Демек, мен хәмме еркеклер кусап сол сырлы сандықшаны аша алмаған екенмен (М.Нызанов).