СЫРНАЙ
Қарақалпақша
ат. (п.
— тойда шертилетуғын най).
Тесиклерин бармақ пенен ашып-жаўып, үплеп шертилетуғын музыка әсбабы.
Сырнай, гернайлардың даўысы таўды, тасты жаңлатты («Ер Зийўар»).
Еки жағадағы тынып турған урык, жекен усы бийғе нама қос қандай нәзик сырнайын шертти (К.Султанов).
Көрсем сыңқ-сыңқ күлген суўларын сайдың, Тыңлап шопан шерткен сестин сырнайдың, Сонда бир сен болып шадлығым, қайғым, Турдың көз алдымда, Әмиўдин қызы (И.Юсупов).
Халық неғе шебер болса, бәри исленди: қобыз ба, доңызқабақ па, дуўтар ма, домбыра ма, сырнай ма, үшпелек пе, баламан ба — барлық саз әсбаплары жаңлады (Т.Қайыпбергенов).
Бул сырнай да шертип баратыр, дәп те қағып баратыр (М.Нызанов).
0 Асқазаны, қарны сырнай шертиў — аш болыў, ашығыў.
Азанда бир кесе көк шай менен шыққан мениң де асқазаным сырнай шертип, жуғырлай баслады (М.Нызанов).