СЫҚЫРЛАЎ
Қарақалпақша
ф. Сықырлап сес шығарыў, шыйқылдаў.
Усы ўақытта Ержанның үйине қарай киятырған арбаның сықырлаған даўысы еситилди (К.Султанов).
Көрген ўақта туўған айдай жүзинди, Халқым тыңдағанда хош ҳаўазынды, Театрлар тарта алмай назыңды, Сахналар сықырлап турар, Айымхан (И.Юсупов).
Ший есикти көтерип, ергенекти ийтерип еди, илик емес, куры қаўсырыўлы екен, сықырлап ашылды (Т.Қайыпбергенов).
Қыймылдасам буўынларым сықырлайды (М.Нызанов).