⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫҢАР

Қарақалпақша

кел. Бир, жалғыз, биреў, екэўдиң биреўи. Бирақ, бул сапардағы хабар да дәслепкиниң сыңары болды (К.Султанов). Көзлериңнен көрип қалдым көзимди, Дилмашсыз түсиндим ҳәр бир сөзинди, Өз ағама мегзетемен өзинди, Егиздиң сыңары болған ағайин (И.Юсупов). Екеўинин арасында еки жас ғана парық бар, болмаса екеўи бир түслес, егиздиң сыңарындай усас адамлар еди (Т.Қайыпбергенов). Сыңар қолы менен муғаллим журналдан бир нәрсени излеп атыр (Ш.Сейтов).