⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫҢСЫҚ I

Қарақалпақша

ф. Сыңсып, әсте, ыңылдаған сес шығарыў. Қулағын салып тыңлады, Сыңсылап шыққан сестинен, қыз екенин биледи («Мәспатша»), Журт айтысты «Еркин — тәўир өзек» деп, «Мине, бул өзекке келди гезек» деп, Суўында сүўенлер көп қурды ойын, Сыңсыған тоғайлар қаплады бойын (И.Юсупов). — Шырағым Жәмийла, енди сеннен де айырыламан ба? — деп баладай сыңсып, еңкилдеп жылады (К.Султанов). Оның кетерде сыңсып жылаған сести кулағына тал-тал келип, басын жаңлатады да турады (Т.Қайыпбергенов).