СҮП
Қарақалпақша
ат. Гезлемениң бир түри, жуқа ақ гезлеме.
Жағасын молдан қайып жийеклеген ақ сүп көйлегиниң етегин желпип, ылаканың қарнындай иркилдеген семиз курсағын арка жакка қаратып жатыр (Т.Қайыпбергенов).
Тойының изи ҳәсиретке айланғаны ушын көкиреги зәрреге толы Палўанның көзлери еки қолының үстинде жатырған мархумның бетине жабылған ақ сүп астынан қопырап атырған қардай аппақ шашында (Т.Қайыпбергенов).
Маўыты бешбентин, қалпағын шешип қолына алған, ақ сүп көйлеги тер менен жаўырынына жабысқан (К.Кәримов).