⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СҮРИНИЎ

Қарақалпақша

ф. Сүрнигиў, соқлығыў, қағысыў. Думан тарқап, күнниң көзи көринсе, Жорға минген омбасына сүринсе, Ығбал деген нәрсе түсиме енсе, Оңымда хәммеси әрман көринди (Бердақ). Бала оң жағына қаймығып, дизерлеп сүринди де, жығылған орнынан оң қолын демеп, ушып турып, топай толы етегинен шеп қолын жаздырмай, кулдырап кетти (К.Султанов). Адам болыў ис емес аңсат, Атқара алмай қаласаң бәрин, Ат сүринсе набада жансақ, Безер базы бир дос-яранларың (И.Юсупов). Желкеси гүжирейип, мойнын алға еңкейтип, сүринип кететуғындай болып жүреди (М.Нызанов).