СҮТ
Қарақалпақша
ат. 1. Адам (ҳаял) ҳәм сүт емизиўши урғашы хайўанлардың лактация дәўиринде сүт безлеринде ислеп шығарылатуғын, жаңа туўылған нәсилди азықландыратуғын қурамалы химиялық бирикпели ақ рендеги суйыкдық.
Мен бир перзент, сен бир ана, Емдим сүтиң қана-қана, Сен көлимсең, мен бир сона, Күним, ақлы данамсаң сен (И.Юсупов).
Мынаў әкелген қызы бир өли хаялдың емшегин сорып сүт таба алмай шырқырап атыр екен (Т.Қайыпбергенов).
2. Шарўа малларынан алынган азық-аўқат өними.
Белин буўған қызыл ийек кемпирлер сүт писирип, шай қайнатып отыр (А.Бекимбетов).
Гүлжәмийла жеңгей куўанып, Бир кастрюль сүт алып келди, «Ўста қәйним, әкелдим саган сүт, Мә, ишип ал маўқынды басып» (И.Юсупов).
Тап усы демде қазанда писип атырған сүт бирден тасып, қақпақты көтерди де, ошаққа төгилди (Т.Қайыпбергенов).
— Түйениң сүти, көздиң жасындай куйсаң қара шайың қоп-қойыў болады (М.Нызанов).
3. Айырым өсимликлердиң пақалы ямаса дәниндеги ақ суйықлық.
Жатсақ-турсақ «қуда» деймиз, Быйыл толар гүллән кемис, Сүттен қамыр болңы тегис, Көпсинбегей «алла» бизге (Бердақ).
Ҳа сүтилмек, сүтилмек, Сүтке толған сүтилмек! Әсте ғана жулайын, Жартыламай пүтинлеп (И.Юсупов).