СӘЎЛЕ
Қарақалпақша
ат. Нур, жақты.
Көктеги бултлар сийрексип ара-тура булт арасынан жылт етип ойнап шыққан арыў жүзли сәўлеси еки жолаўшының пишинин бир-бирине көрсетип өтеди (К.Султанов).
Бозғылт көкте ай сәўлеси, Ақырын жақтыртады, жолдың қарлы тақырын (И.Юсупов).
Толық болып туўған айдың сүттей сәўлесинен жән-жақ сондай шырайлы болып көринеди (А.Бекимбетов).