⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СӘЛЛЕ

Қарақалпақша

ат. (а. — себет, торқалта, түйиншик). Узынлығы 1,5 метрден 7 метрге шекем болатуғын, тақыя, телпек үстинен оралатуғын тегис материал, сийле, мусылман еркеклериниң бас кийими. Үстинде ала шапаны, басында сәлле, аяғында етик (А.Бекимбетов). — Қосыбай, мына балаң нағыз найсап болар! — деп, Есберген ашыўға буўлығып, аўыз-жағынын қат-қат әжимли, аққуўақланған арық етлери жыбырласып, «үҳ!» деп басындағы ақ сәллесин төсектиң үстине шалқасына қойып, ишиндеги тер менен қарайған тақыясын алып басына кийди (К.Султанов). Бул нәлетий жөгиликтен зерикти жаным, Өкел сақый шарабыңды, шарап — ийманым, Сәлле менен жайнамазды сатайын саған, Мен олардың душпаныман, шарап бер маған! (И.Юсупов). — Дәлилиңди айт, - деди басына ақ сәлле орап, қолына тәспи услаған шәҳәр қазысы (К.Кәримов).