⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СӘРРИЙИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир орында қәрекетсиз, қозғалмастан турыў, денениң қозғалмай қатып алыўы, силейиўи, тик турып калыў, қатып турыў. Ал оң қолы болса сәррийип, куры салбырап турыпты (Г.Есемуратов). Жазғы бағдағы мәрмәр тас қаялларға мегзеп, бәҳәрдин ақша қарындай көйлеги астынан көкиреклери тырсыйған ҳаялға таңданып, орнында ағаштай сәррийди (Т.Қайыпбергенов). Бир шоқ сексәўилдиң аржағында аяғы сәррийип өлип атырған еш екти көзим шалып қалды (М.Нызанов). 2. аўыс. Қатыў, тоныў. Жылын күтемен деп қыстың бир аязында дүзде сәррийип өлип қалыўым керек пе? (М.Нызанов).