СӘТСИЗЛИК
Қарақалпақша
ат. Оңайсызлық, келиспегенлик, қолайсызлық, жолы болмаўшылық.
Оның семьясында қандай да бир сәтсизлик бар, — деди (Ө.Айжанов).
Халық шығарманың сәтсизлик жерлерин алып таслайды (Н.Дәуқараев).
Жеңис туўралы еситсе, қуўанады, сәл сәтсизликлер ҳаққында еситсе, ишине дузлы шеребе қуйылғандай... (Т.Қайыпбергенов).