СӨГИНИЎ
Қарақалпақша
ф. Намыска тийетуғын сөзлер айтыў.
Кемпирдиң де тоятына қанып турғанын сезген ғарры аяғын тапылдатып, мушын түйип, тислерин сақылдатып, көзлерин алартып, тек сөгине берди (К.Султанов).
Көз алдында, туўмаған ҳаялына саяқ жигитлердиң бирин шаптырғанда шыдамай сөгинип, ғарғанып кеткен адамның ҳәзирги алғысы Маман бийде ызалы күлки орнына ызалы реҳим оятты (Т.Қайыпбергенов).