СӨЙТИЎ
Қарақалпақша
ф. Сондай ислеў, сондай болыў.
Ондай болса, сөйт шырағым (К.Султанов).
Өрдегилер дәрьяларды сатажақ, Сөйтип тегин мол пайдаға батажақ, Қулыплап алып ғәзийнесин қудайдың, Ышқырына гилтин байлап жатажақ (И.Юсупов).
— Жамалов, — деди ол тәкирарлап, сөйтип бетиме тикленип турды да, бир нәрселерди үнсиз жаза берди (Т.Қайыпбергенов).
— Әдебинде мен-әм сөйтип ойлап едим, кейин билсем, Түйемойыннан ийтбалықлар ағып келеди де, трубаның ишинде үлкейе береди екен (М.Нызанов).