ТАЎ
Қарақалпақша
ат. Айналасындағы жерден көтериңки, бийиклик; оғада бийик таслы жер.
Таўды, тасты жел бузар, Адамзатты сөз бузар (ққ.х.н.).
Таў таўға қосылмас, Адам адамға қосылар (ққ.х.н.).
Аўылдың арқасы менен батысы узынына жалғасқан пәскелтек таў дизбеклери еди (Т.Кайыпбергенов).
— Киятырсын таўдан келип пе едик? — деди Оксана маған қарап.
Бул мың жыллардан арыда таў басына салынған қорған (М.Нызанов).
0 Таўтеке — жабайы ешкиниң еркеги.
Жанар таў — вулкан.
Таўын жаздырмаў — пәтин пәсендетпеў.
Таўы қайтыў — бети қайтыў, диңкеси курыў.
Таўы шағылыў — бети қайтыў, деминен түсиў, пәти қайтыў.
Таўына қарай түлкиси — таўлы жердеги жасайтуғын түлкилердиң жагдайы, турмысы.
Таўына қарай түлкиси, Заманына қарай күлкиси (ққ.х.н.).
Таўда таста турмаў — айрықшалық, айрықша шаққанлық.
Ессиз ашыкдығым көзим қыймайды, Ғайрат-күш иң таўда-таста турмайды («Мәспатша»).
Таўды талқан қылатуғын — күшли, ғайратлы, қарыўлы.