ТАЎЛАЎ
Қарақалпақша
ф. Бураў, шыйратыў, қайыстырыў.
Мине баслық муртын таўлап, көмпейтеди еки уртын (Т.Жумамуратов).
Маман бий муртларын таўлап қойып, айбатлы нәзер менен жигитлерге бурылды (Т.Қайыпбергенов).
0 Қолын таўлаў — қолын бураў.
Мойнын таўлаў — күш пенен басып бураў.