⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАЎЛАНЫЎ

Қарақалпақша

таўлаў фейилиниң өзлик дәрежеси. «Неге аў таўланып қалды!» — деп Жәмийла қайран болды (К.Султанов). Маман гөне торға түскен арысландай ыңырсый таўланып, үстиндеги хаяллар шынжырын серпип таслап тикейди (Т.Қайыпбергенов). Қуйын хақыйқатында да таўланып-таўланып барып, Сағынбайдың үйиниң дийўалына урылды хәм сол жердеги патты-саттыны қосып алып, аспанға көтерилди (М.Нызанов).