⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАЎЫҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Қораз ҳәм мәкийен болып айрылатуғын үй қусы. Соқыр таўыққа бәри тары (ққ.х.н.). Қақалаған таўық туўмай қоймас (ққ.х.н.). Қус фермасында баслықпан, Абырай алдым үйрек пенен таўықтан (К.Султанов). Ол ҳәр биримизге таўық гөшинен иеленген еки сосиска менен бир мәйектен куўырып, столға қойды. Ол болса сыртта түйе таўықтың сойылғанын, шертектиң астындағы қазанда писип атырғанын көрип отыра берипти (М.Нызанов). 2. аўыс. гөн.с. Қарақалпақша жыл атының бири. Жийенимиздиң биреўи таўық жылы туўылған еди (М.Нызанов). 0 Таўық көз — түнде көрмейтуғын көз аўырыўы. Таўық қора — таўықлар жасаўы ушын арналын иеленген орын.