⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАБАЛАҚ

Қарақалпақша

ф. Биреўдиң бахытсызлығына, исиниң шепке айланыўына сәтсизликке ушыраўына қуўаныў, сыртынан унамсыз гәп етиў. Қосыбай таңданып таңырқаныўдың да, әжиўалап табалаўдың да есабын таппай, енжарлық көзқарас пенен ошақ жаққа барып отырды (К.Султанов). Ғош йигитке түссе қатты саўдалар, Достың зар йиғлап душпан табалар (Әжинияз). Сабыров бетине жалт қарап «мына ғарры мени табалап киятыр ма» дегендей түси суп-сур болды (К.Султанов).