ТАБАН
Қарақалпақша
ат. Аяқтың тобықтан төменги жерге тийетуғын жалпақ бети.
Ашыўы келип атаңыз, табанын оның тилдирди («Қырқ қыз»).
Ҳәтте, табанына тикен киргенине де қайылшылығым жоқ (Ө.Хожаниязов).
Қоңыраттың бир баласының табанына шөңге кирсе, мениң жилигим сырқырайды (Т.Қайыпбергенов).
2. Аў, трактор, танк ҳәм басқалардың жерге тирелип тийетуғын жағы.
Табан жағына қорғасын, үстиңги арқалығына қалқы өткерилген (Қ.Ирманов).
0 Табан балық — балықтың кишилеў жалпақ түри.
Табаны тозыў (қабарыў) — нәтийжесиз жүриў, бийқарға ҳәлек болыў.
Почтаға қатнай-қатнай табан да қабарды (К.Султанов).
Қара табан — жарлы, қаллаш.
Шығың майданға қара табан гедейлер (К.Султанов).
Табан ети, маңлай тери — қадал мийнет пенен тапқан табыс.
Өмиринше табан ети, маңлай тери күн көрген баласын қайғырды (Қ.Ирманов).
Табан жылтыратыў — тез кетиў, аўлақ жүриў.
Баспашылар төтепки бере алмады, табанын жылтыратып келген изин тапты (Қ.Ирманов).
Табан жерге изеп бастырмаў — а) қасынан қалдырмаў, үйден шығармаў.
Ол (әкеси) болғанда Мийирханды табан жерге изеп бастырмайтуғын еди (Ө.Хожаниязов).
б) келтирмеў, әкелмеў, жолатпаў, жақынлатпаў.
Табанда турыў — бирден, тосыннан, тапжылмай, дәрриў.
Екеўи де бир-бирин көриўден-ақ табанда турып қалды (Ж.Аймурзаев).
Табанын қырып алыў — жанына жақынлатпаў, келтирмеў, жолатпаў.
Табанын тоздырыў — қайта-қайта қатната бериў, келтириў.
Табаны тайыў — жумыс орнынан айыплы болып босаныў.
Табаны тартнаў — қандай да бир жерге барғысы келмеў, жүргиси келмеў.
Қашшаннан байдың өзине суқданып жүрген қыздың сол ўақытта-ақ табаны тартпап еди-аў (Ш.Сейтов).
Табаны тийиў — барыў, болыў, қандай да бир жерде болыў.
Егер табаным тийип барағойсам, олардың ҳәр биринен кеширим сорар едим (М.Нызанов).
Хийўаға табаны тийген қарақалпақ бийлериниң мәкан жайы болатуғынын айтты, еки базарлықта Есенгелди бий менен Маман бий дегенниң қонып кеткенин хабарлады (Т.Қайыпбергенов).
Табанын тилиў — табанын пышақ, улыўма тыйық пенен кесиў.
Табан тиреў — қарсыласыў, күш салыў, арқа сүйеў, турақлаў.
Таба алмай хеш илажын, Тамара қыз табан тиреп, Жыйды бойға күш-қуўатын (Ж.Аймурзаев).
Айтқаны болмаған соң табан тиресип турмады.
Табанлап турыў — қарсыласыў, ежесиў, ерегисиў, өжетлесиў.
Олай болса табанлап турып аламан (Т.Қайыпбергенов).
Табан астынан — бирден, тосаттан.
Табаннан қайтарыў — қарсы сөйлетпеў.
Табаны жерге тиймеў — зымыраў.
Манлайы күнге күймеген, табаны жерге тиймеген («Алпамыс»).
Табанына дуз қуйыў — жоқ қылыў, қуртыў, өлтириў.
Табанын жалаў — жағымпазлық етиў.
Табаны тесилиў — жүрип шаршаў.
Бир табан — аз да болса, бир шама.