ТАЗ
Қарақалпақша
ат. 1. Баста болатуғын қотыр, жара.
Үлкен үйде шаш алыспа болса, кишкене үйде таз қорқады (ққ.х.н.).
2. Гей жағдайларда бас терисиндеги шаштың сийреклесиўи, түклердиң толықпай түсип қалыўы гүриндеги аўырыў.
3. Басы таз адам.
Таз таранаман дегенше той тарқап кетеди (ққ.х.н.).
Таз кебине келиў — бурынғы қәддине түсиў.
Тағы таз кебине келаиң бе? (К.Султанов).
Таздың шашындай — жекке-сийрек.
Пахтаңыз таздың шашындай, Кесеклер аттың басындай (С.Нурымбетов).