ТАЙ I
Қарақалпақша
ат. Бир жастан аскан еле екиге толмаған жылқының баласы, төли.
Аталастың аты озғанша, аўылластың тайы озсын (ққ.х.н.).
Түйеге мингенниң тайға тақымы толмайды (ққ.х.н.).
0 Тайға тамға басқандай — жүдә анық, белғили.
Тайда туяқ қалмаў — бәри, ҳәммеси келиў, адам қалмаў.
Ҳәмме тайда туяқ қалмай өз жумысларына киристи (Ш.Сейтов).