⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАЙПА

Қарақалпақша

ат. 1. Класслық жөмийетке шекемги бир аймақта туратуғын, бир тилде сөйлейтуғын бири менен бириниң туўысқанлық байланысы бар адамлардың топары, халық, қәўим. Ырыскул бий Ғайып бахадыр менен Хорезм ханлығы қол астында, бурын Сырдәрьяны жағалаған, Жанадәрья бойларын мәкан еткен қарақалпақ тайпаларының көпшилигинде болды (Т.Қайыпбергенов). 2. диал. Урыў атамасы. Қыят тағы басқа тайпаларынан бар (КДС). 0 Бир тайпа ел — бир бөлек халық, халықтың бир тийреси. Бир тайпа ел сол жайынды бир ай аўқат етипти (ққ.х.е.).