⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАЛАҚ I

Қарақалпақша

ат. гөн.с. Ерли-зайыплынын ажыралысыўындағы бир-бирине қойылған шәрт. Неке, талақ, калың малға, Сөйтип ўайран салайық (Х.Ахметов). 0 Талақ етиў — а) неке бузыў, айырылысыў. Ҳаялын талақ етип, өзи басқа журтқа кетипти (қк.х.е.). б) бир нәрседен бир тарап безиў, бас тартыў. Мал-мүлки бахтымды, Тажым менен тахтымды, бәршесин талақ етемен («Алпамыс»). Малы курысын нетейин, малды талақ етейин («Қоблан»). Талақ хат — ерли-зайыплылардың айырылысыў, неке бузыў жөниндеги гүўалық. Қәне талақ хатты әкел, — деди айбарақ салып («Әмиўдәрья»).