ТАМАН
Қарақалпақша
к.
с. Шейин, дейин, шекем, қарай, жақын, жўық.
Жазы менен көп мийўе жайып, гүзге таман қақ етип алады (А.Бекимбетов).
Көлди аралап, түске таман жолдастарына келди (Т.Қайыпбергенов).
Ат ойнатып ер жигит, Гүлайым салған қалаға, Кешке таман келеди («Қырқ қыз»).
Жараған түйе жайылып жүрген басқа түйелерге де қосылмастан, сағым болып көринген көл таманға қарай жүрип, соң-соң көринбей кетти (М.Нызанов).
Түске таман әрўаза қағылды (М.Нызанов).