⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАМЫЗЫЎ

Қарақалпақша

ф. Суйық затты тамшылатып қуйыў, сорғалатыў, ағызыў. Улбосын набаттың суўын Турымбеттиң аўзына тамызды (Н.Дәўкараев). Көзиниң жасын тамызып, Ырза болды, жылады (Бердақ). — Усыннан үш-төрт тамшы дәрини бир уртлам суўға тамызып, үш мезгил ишесең, — деди дәриханадағы қыз (М.Нызанов). 0 Майын тамызып айтыў — сөзди кәмине келтирип, тартымды етип сөйлэў. Ертеңине Жоллыбайға оқыған әңғимелериниң ўақыясын биринен соң бирин майын тамызып айтып бердим (Б.Сокпақбаев).