ТАРТЫМ
Қарақалпақша
кел. Шалым, орам.
Мен басыма тартып қойған бир тартым орамалымды шештим (Ж.Аймурзаев).
Гүлпаршын жеңге бир тартым орамалды ушына түйилген теңгесимен молдаға усынды.
0 Тартым жалғаў — лингв.
Бир нәрсени биреўге меншиктеў үшин сөз аяғына жалғанатын жалғаў.
Бир тартым бидай — көпшиликтиң беттеме шамасындағы бир писиримдик бидай.
Бир тартым темеки — бир шегуге жететин темеки.