ТАРҚАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Дағыў, ыдыраў, бөлинип-бөлинип хәр тәрепке тарап кетиў.
Орыс әскерлери келген соң, хан нөкерлери тарқап кетти (Қ.Ирманов).
2. аўыс. Қайғы, уўайым қусаған сезимлерден арылыў.
Қумары тарқаў — кеўили жай табыў, рәхәтлениў.
Сүйсинсин кулағым, тарқасын қумарым (Абай).
Барлығы да талпынып иске, тарқаўға таяр қумары (Т.Сейтжанов).
Базары тарқаў — заманы өтиў, дәўраны өтип кетиў.
Шери тарқаў — кеўили жай табыў, рәхәтлениў.
Жол жүрип шери тарқап, Айдосты қуўа берди (Бердақ).