⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАСА

Қарақалпақша

ат. Қуўыс, қолтық, бүркениш, бирден көзге түспейтуғын аўлақ жер. Парктиң тасалаў бир мүйешинен рейкасының биреўи алынып қалған, қараўсызлаў скамейка таўып алдым (М.Нызанов). Қашан, қәйерде, маған айтсаңыз, мен тасарақ жерден бақлап тураман (М.Нызанов). 0 Көзден таса болыў — а) көзиниң алдында жүрмеў. Бир саат сабыр қылмай сағынады, Көзинен таса болса жолдасы тек (А.Байтурсынов). б) көринбей кетиў, қарасы үзилиў. Оңғарбай таяғын сүйретип көзден таса болды (Б.Майлин).