⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАСЫҚ I

Қарақалпақша

ф. 1. Суўңың көбейиўи, қынарынан асыўы, басқа жерге жайылыўы ямаса суйық заттың ыдыстан асып төгилиўи, көбейиўи. Әмиўдәрья сен қусап, Тасып толғым келеди, Қыйнаған сүт сен қусап, Қазаннан тасып төгилди (Т.Сейтжанов). Түркстаннан көшип келген жылы теңиз тасып, бес мың алтын бесикли бала суўға кетип еди (К.Султанов). 2. аўыс. Кеўили, жигери, қуўаты, күши, дәулети, мәртебеси артыўы, көбейиўи. Күши тасып қанасына сыймаған, Қоңыраттың ғайратлы жигити барды (Әжинияз). Бай болсаң таспа, жарлы болсаң саспа (ҚҚ.Х.Н.). Бир әрманым мәртебемниң тасқанын, Атам менен анам ғәрип көрмеди (Т.Жумамуратов). Қызды көрип тасады, Шайқалып аяқ басады (А.Бегимов). 0 Өсек тасыў — бир адам тәрепинен айтылған гәпти басқа адамға жеткизиў.