ТАТЛЫ II
Қарақалпақша
кел. Мазалы, шийрин.
Не татлы бул дүньяда, татлы екен дуз, Не суўық, өлим суўық, жүректе муз (Әжинияз).
Не деген менен ханның нөкериниң де жаны татлы ғой (К.Султанов).
0 Татлы турмыс — жақсы, хәзли, рәхәтли.
Татлы турмыс өрнекли өмир ушын, туўысқанлар бәрҳәм жан аяма! (Ж.Аймурзаев).
Палдан татлы — палдан мазалы, шийрин.
Мына бала ул-қызымның баласы, Палдан татлы бул баланың анасы (ҚҚ.Х.Н.).