ТАТЫЎ II
Қарақалпақша
кел. Сыйласықлы, араз емес, хүрметли, иззетли, кеўили жақын.
Ағайын татыў болса, ат көп, Абысын татыў болса, ас көп (ққ.х.н.).
Тоқшылық пенен жоқшылықтың парқы сонда — жоқшылықта адам баласы бир-бирине мүтәж, бир-бири менен татыў болады екен дә, тоқшылықта ҳәмме нәрсе ағыл-теғил, биреўге биреўдин иси түспейди (М.Нызанов).
Мен үш жылдан бери кекселиктиң гәштин сүрип атырғанымды, көшемиз абаданласып атырғанын, ул-қызларым жумыс пенен тәм ийинленгенин, шаңарағымыз бенен оғада татыў жасайтуғынымызды аўыз толтырып айттым (М.Нызанов).