ТАЯРЛАЎ
Қарақалпақша
ф. Ҳәзирлеў, ғамлаў, ғамланыў, таярланыў.
Кемпир чай-суў таярлаўдан қолы босаған соң, жайласып отырып әңгиме баслады (К.Султанов).
Өзим сыйғандай орын таярладым (Ж.Аймурзаев).
Сүўретши аппаратын таярлап, бизлерди күтти (М.Нызанов).
Аўыл хожалығы жумысшылары келеси жыл ушын егис жер таярлап атыр (Т.Қайыпбергенов).