ТАҒАЛЫ
Қарақалпақша
кел. Тағасы бар, таға қағылған, салынған.
Жоталы жигиттиң қарыўлы еки билегиниң сериппедей атылған күши менен асайдың тағалы аттың туяғындай музға гирш-гирш тийген даўысы еситиледи (К.Султанов).
Төрт аяғы тағалы, ети жараўлы атлар тақыр музға табаны тийген соң пишен толы шананы қаңбақғай ушырып киятыр (К.Султанов).