⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАҚЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Таярлаў, тәртиплеў. Өткен жылғы кемшиликти саплайық, Егис майданына исти тақлайық (С.Нурымбетов). Уәдесин берк услап Жуман ядында, Тақлап жүрди ўазыйпасын алдағы (Т.Сейтжанов). Диван, кроватьтың үстине тақлаўы менен турған бет-қол сыпыратуғын, аяқ сүртетуғын, жуўынатуғын сүлги, көпшик қап, простина ҳәм одеяло қапларды таслады (М.Нызанов).